Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳəм көркеми өнер мектебинде   Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте  “Жаслар 1+1: қаржы саўатлылығы” жойбары шеңберинде  семинар-тренинг болып өтти.

Семинарды өткериўден мақсет  -коммерциялық  банклерде сақланатуғын аманат түрлери ҳәм  шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў, тәлим кредити, субсидия алыў тәртиби, халықтың банк системасындағы машқалаларын шешиў ҳәм экономикалық раўажланыўы ушын финанслық билим дәрежелерин арттырыўға жәрдем бериўден ибарат.

Илажда сөзге шыққан тийисли тараў қәнигелери жасларға семинар шеңберинде мағлыўматлар келтирип өтип, олардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги