Усы жылдың 14-19-апрель күнлери Жиззақ ўәлаятында спорттың каратэ WKF түринен Өзбекстан кубоги жарыслары болып өтпекте.

Онда барлық жас категорияларынан спортшылар қатнасып, жарыс қызғын беллесиўлерге бай болмақта.

Бул жарысқа республикамыздан жәми 63 спортшы өз салмақ категорияларында қатнасып, жоқары нәтийжелерге ериспекте.

Атап айтқанда спортшыларымыз бүгинги күнге шекем 2 алтын, 4 гүмис, 17 қола медалын қолға киргизди.

Беллесиўлер даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги