Усы жылдың 16-19-aпрель күнлери аралығында Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районларында “Арал туризми” ҳәптелиги болып өтеди.
ϴзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, министрлик жанындағы Туризм комитети Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, мәпдар мәкемелер менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған илаждың дәслепки күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында “Арал жақсы нийет елшилери” атамасында халықаралық илимий конфереция болып өтти.
Онда ϴзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Ж.Казбеков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилер Аралдың қурыған түбинде қорған тоғайзарлар пайда етиўдиң әҳмийети, Аралбойы халықаралық инновациялар орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, Японияның жәрдеминде Аралбойын көклемзарластырыў, аймақта туризмди раўажландырыў перспективалары ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.
Бүгинги күнде республикамызда туризмди раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, қубла районлардағы бир қатар тарийхый қалалар, дүньяға белгили И.Савицкий атындағы көркем өнер музейи-тарийхый-мәдений туризм, Арал теңизи ҳәм Үстирт платосы– экотуризм, жергиликли мәденият ҳәм үрп-әдетлердиң айқын тымсалы болған шымбайлы өнерментлер– этнотуризмниң тийкарғы дестинациялары болып есапланады.
Ҳәптелик даўамында сондай-ақ, Арал темасында дөретиўшилик жумыс алып барған художниклердиң көргизбеси, Мойнақ районында “Эко-марафон” жуўырыў марафоны, терек егиў акциясы ҳәм “Арал балықларынан 99 түрли тағам” халықаралық гастрономиялық фестивалы болып өтеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы