Денетәрбиясы ҳәм спорт методикасы, әмелияттағы илимий-методикалық тийкарларды жетилистириў ҳәм илимий тийкарланған пикир-усынысларды ислеп шығыў мақсетинде, усы жылдың 17-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Теория ҳәм әмелияттағы актуал машқалалар»  атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияға республикамыздағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилер, тараў қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы ҳәм илимий шөлкемлердиң хызметкерлери, магистрантлар менен студент-жаслар қатнасты.

Конференцияны филиал директорының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша орынбасары Исламбек Мәмбетназаров кирис сөз бенен ашты.

Буннан соң Қазақстан Республикасы ҳәм республикамыздағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, докторантлар, еркин излениўшилер, магистрантлар ҳәм филиалдың зийрек студентлериниң баянатлары тыңланып, олар кең түрде додаланды.

-Конференцияны өткериўден тийкарғы мақсет қәнигелер менен биргеликте денетәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы әҳмийетке ийе тәлим-тәрбия бағдарында тараўдағы соңғы жетискенликлер бойынша тәжирийбе алмасыў болып табылады,-дейди усы филиалдың оқытыўшысы Улбосын Қалилаева.-Мен бул әнжуманда «Спорт топарларында басшылық ҳәм лидерлик» атамасындағы баянатым менен қатнасып, қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап бердим.Алдағы ўақытлары да усындай илимий әнжуманлар өткерилип турса, мақсетке муўапық болар еди,-деп ойлайман.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги