Бүгин Таиланд пайтахты Бангкок қаласында футзал бойынша Азия кубогине старт берилди.

Онда қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы Австралия сайланды командасы менен ушырасты. Ойынның 5-минутында австралиялы футзалшы Уэйд Жиовенали есапты ашты ҳәм бул есап 1-тайм тамамланғанша сақланып турды.

Екинши таймды елимиз футболшылары қәўипли ҳүжимлер менен баслады ҳәм усындай ҳүжимлердиң биринде Акбар Усмонов Австралия дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.

Арадан бир минут өткеннен соң командамыз футболшысы Дилшод Раҳматов қарсылас команда дәрўазасына және бир гол урып, тәрези пәллесин бизиң пайдамызға аўдарыўға миясар болды.

Ушырасыўдың 36-минутында Дилшод Раҳматов дубльди әмелге асырған болса, 38-минутта Тайлер Гарнер арадағы парықты қысқартыўға еристи. Ойындағы бул есап ушырасыў соңына шекем сақланып қалды ҳәм мәмлекетимиз футзалшылары Азия кубоги жарысларын жеңис пенен баслады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги