Орынларда “Бес баслама олимпиадасы” шеңбериндеги жарыслар даўам етпекте.
Елликқала районы 3-секторындағы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери арасында “Сап денеде – сапалы билим” атамасында жарыс өткерилди.
Онда спорттың шахмат-шашка ҳәм стол тенниси түринен кәсиплик аўқамы кубоги ушын жарыслар өткерилди.
Ойын нәтийжелерине бола жеңимпазлар анықланып, келеси басқышқа жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги