2023-жыл 18-сентябрьде «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў хаққында» ғы нызам күшке кирген. Нызамның 9-статьясында мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў хуқықына ийе болған физикалық шахслар топары белгиленген.

Соған бола, кем тәмийинленген шахслар мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў хуқықына ийе.( Егер олар пуқаралық ислери бойынша даўагерлер яки жуўапкерлер, ҳәкимшилик ислер бойынша арза бериўшилер, ҳәкимшилик қамақ тәризиндеги ҳәкимшилик жаза нәзерде тутылған ҳәкимшилик хуқықбузарлықты жүзеге келтирген шахслар, жынаят ислери бойынша гүман етилиўшилер, айыпланыўшылар, судланыўшылар,сондай-ақ, қамақтағылар болса.)

Руўхый ҳалаты бузылған физикалық шахслар да бийпул юридикалық жәрдем алыўы мүмкин. (Оларға «психиатрия жәрдеми хаққында»ғы нызамға муўапық психиатриялық жәрдем көрсетилип атырғанда.) Өз хуқықлары бузылған,«Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең хуқық ҳәм  имканиятлар кепилликлери хаққында»ғы нызамда нәзерде тутылған ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең хуқықлығы бузылғанлығы себепли судқа мүрәжат еткен физикалық шахсларға да бийпул юридикалық жәрдем көрсетиледи.

Жынаят-процессуал кодексине муўапық, жынаят иси бойынша адвокат қатнасыўы шәрт болған жағдайда, гүман етилиўши, айыпланыўшы яки судланыўшы физикалық шахслар мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў хуқықына ийе.

Әдиллик министрлиги тәрепинен «Регионаллық байланыс» халық аралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте «Бийпул (мәмлекет есабынан) юридикалық жәрдем көрсетиў» бойынша өткерилген семинарда усы хаққында сөз етилди.

Халық аралық шөлкемлердиң экспертлери ҳәм Адвокатлар палатасы аймақлық басқармаларының басшылары ҳәм адвокатлар қатнасқан илажда усы бағдардағы миллий тәжирийбе менен бир қатарда АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлери тәжирийбеси үйренилди.

Адвокатлар ҳәм халық аралық экспертлер тәжирийбе алмасыў тийкарында усы тараўды раўажландырыў бойынша жаңа идея ҳәм усынысларды алға қойды.

Әдиллик  министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери Өзбекстанда бийпул (мәмлекет есабынан) юридикалық жәрдем көрсетиў тараўындағы реформалар хаққында мағлыўмат берди.

Халық аралық экспертлер «Мәмлекет тәрепинен қаржыландырылатуғын юридикалық жәрдемди шөлкемлестириў ҳәм тәртипке салыўда мәмлекетлик адвокатлар бирлеспелериниң роли», «Бийпул жәрдем көрсетиў тәртиби ҳәм принциплери»,»Бийпул юридикалық жәрдем көрсетиўши адвокатлар ҳәм оларға ҳақы төлеў тәртиби» темаларында АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлери тәжирийбеси менен ортақласты.

Семинарда адвокатлар белсене қатнасып, экспертлерден тараўға тийисли өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

                                                                                                        ӨзА