Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тажикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 18-19 апрель күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.
Сапар етиў бағдарламасына муўапық, Душанбе қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, бир қатар еки тәреплеме ушырасыў ҳәм биргеликтеги илажлар өткерилиўи режелестирилген.
Күн тәртибинен Өзбекстан менен Тажикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған.
Саўда, санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт ҳәм басқа тармақларда кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылады, аймақлар арасындағы байланысларды, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўларын кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.
Өзбекстан ҳәм Тажикстан жетекшилери халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысады.
Саммит жуўмақлары бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламын қабыл етиў нәзерде тутылмақта.
ӨзА