Қарақалпақстан Республикасындағы районларды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери мәмлекет шөлкемлери басшыларына бириктирилген болып, бул бағдарда Хожели районына Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы И.Казаков жуўапкер етип сайланған.

“Жасыл мәкан” илажы шеңберинде ҳәзирги ўақытта бир топар бажыхана хызметкерлери тәрепинен Хожели районы Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы А-380 автомагистрал жолы бойында абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

– Тоғай хожалығы объекти есапланыўшы бул аймақта тереклерге қайта ислеў берилип, асты жумсартылды. Әтираплары қуўраған путақлар ҳәм тасландылардан тазаланды,-дейди илаж қатнасыўшысы Ю.Қудиярова.

Таза ҳаўа дәреги есапланған өсимликлер дүньясын сақлаў ҳәм абадан қоршаған орталықты пайда етиўге ҳәр бир пуқара жуўапкер. Сонлықтан, абаданластырыў жумысларына белсене қатнасайық!

Абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги