ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң депутатлық топары тәрепинен тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте райондағы “Шааббаз” дийқан базарындағы санитариялық жағдай ҳәм баҳалардың турақлылығы бойынша үйрениў жумыслары алып барылды.

Бул жерде базар администрациясы тәрепинен халыққа және де қолайлылық жаратыў мақсетинде “Елге хызмет” саўда қатарлары жолға қойылған. Бул жерде азық-аўқат ҳәм аўыл-хожалығы өнимлери арзан баҳаларда сатылмақта.

Жумысшы топар ағзалары қысқы-бәҳәрги мәўсимде аўыл хожалығы өнимлериниң тийкарғы түрлерин ғамлаў бойынша да исленген жумыслар менен қызықсынды.

Үйрениў даўамында гөш саўда қатарларындағы тазалықты ҳәм гигиена қағыйдаларын бузып саўда ислеп атырған айырым исбилерменлер ескертилди. Базар аймағындағы азық-аўқат өнимлериниң сапасын қадағалаўшы лабораторияның жумыслары да көзден өткерилди. Айырым таўық гөши өнимлерин сатыўшы исбилерменлер өнимлериниң жарамлылығы бойынша жуўмақ алмаған ҳалда саўда етип атырғаны анықланып, алдағы ўақытлары усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде жуўапкерлер ескертилди.

Халықтың тутыныў ҳуқықларын қорғаған ҳалда, оларға сапалы ҳәм тутыныўға жарамлы азық-аўқат өнимлерин жеткериў мақсетинде усындай қадағалаў илажын үзликсиз түрде әмелге асырып барыўдың әҳмийети үлкен. Үйрениў даўамында базар администрациясы менен  сәўбетлесиў өткерилип, усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги