Кеше түнде Испанияның Барселона ҳәм Германияның Дортумунд қалаларында футбол бойынша УЕФА чемпионлар лигасының шерек финал жуўап ойынлары болып өтти.
Онда дәслепки ойында Парижде «ПСЖ» клубы үстинен 2:3 есабында жеңиске ерискен «Барселона» командасы, француз клубын мийман етип, оларға миймандослық көрсетти. Атап айтқанда, Хави басшылығындағы каталонлар Килиан Мбаппе жетекшилигиндеги «ПСЖ»ға 1:4 есабында жеңилиске ушырап, өз қарсыласларына ярым финал жолламасын берип қойды.
Ал, Германияда болып өткен «Борруссия-Дортмунд» ҳәм «Атлетико Мадрид» клублары арасындағы ойында болса, немис клубы 4:2 есабында жеңиске ерисип, турнирдиң ярым финалына жол алды.
Бүгин УЕФА чемпионлар лигасының шерек финалында және бир еки ойын өткерилип, онда өткен жылғы турнир жеңимпазы «Манчестер Сити» усы кубокти ең көп қолға киргизген Мадридтиң «Реал» клубы мийманы болса, Мюнхенниң «Бавария» клубы ҳәзирги ўақытта Англия премьер-лигасында чемпионлыққа тийкарғы даўагерлердиң бири болып турған «Арсенал» менен өз-ара гүрес жүргизеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги