Кеше футбол бойынша 23 жасқа шекемги сайланды командалар арасында Азия кубогинде «В» ҳәм «С» топарларында 1-тур ойынлары болып өтти.

Онда Саудия Арабстаны сайланды командасы қоңсылас Тәжикстан сайланды командасы футболшылары менен ушырасып, оларды 4:2 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, усы топардан орын алған екинши ойында Ирак сайланды командасы таиландлы футболшылар менен ушырасып, өз қарсыласларына 0:2 есабында жеңилип қалды.

Азия кубогинде жеңимпазлыққа және бир даўагерлердиң бири болған Қубла Корея сайланды командасы болса, бул турда Бирлескен Араб Әмирликлери футболшыларын , япониялылар қытайлыларды  1:0 есабында жеңип шығып, өз есабына 3 упай жаздырып қойды.

Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы бүгин Ташкент ўақты менен саат 18:00 де Малайзия сайланды командасы менен ушырасады. Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Вьетнам Кувейт пенен өз-ара күш сынасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги