Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы жǝмийетлик фонд тəрепинен мәмлекетлик грант бойынша быйылғы жыл ушын жәрияланған 1-таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, таңлаўға келип түскен жойбарлардың әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм жеңимпазларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қанша пәрман ҳәм қарарларына муўапық  мәмлекетлик грант бойынша бир қатар унамлы  жумыслар әмелге асырылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының 2024-жыл 12-январь күнги қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы жǝмийетлик фонд тəрепинен мәмлекетлик грант бойынша 1-таңлаў жәрияланған еди. Оған келип түскен жойбарлар Социаллық шериклик бойынша Жәмийетлик комиссия мәжилисинде көрип шығылып, жеңимпазлар анықланды.

Атап айтқанда, комиссия ағзаларының шешими менен “Коррупцияға қарсы гүресиўдиң заманагөй усылларынан пайдаланыў арқалы коррупцияның алдын алыўға көмеклесиў” бағдары бойынша “Жәйҳун илҳамлары” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң “Дәмегөйлик дәўир дәрти”, “Халықтың медициналық мәдениятын арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризин енгизиў” бағдары бойынша “Даун синдромы” ҳәм “Аутизм” диагнозы бар майыпларды қоллап-қуўатлаў “ДАУТ” Қарақалпақстан орайының “Биргеликте еплеймиз”, “Жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў” бағдары бойынша  Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң “Исбилермен бай болса, мәмлекет те бай болады”,  “Елимизде спортты раўажландырыў арқалы спортшылардың халықаралық спорт жарысларына қатнасыўы ушын имканиятлар жаратыў”  бағдары бойынша  Өзбекстан Аўыр атлетика федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң “Париж-2024 Олимпиада ойынларына бир қәдем” атамасындағы жойбары, Миллий өнерментшиликти раўажландырыў бағдары бойынша “Қарақалпақстан мәденияты” газетасы редакциясының “Ретро өнер” атамасындағы жойбарлары жеңимпаз деп табылды.

-Быйылғы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў” жылында бизиң “Исбилермен бай болса, мәмлекет те бай болады”атамасындағы жойбарымызды жеңимпаз деп тапқанынан қуўанышлымыз,-дейди Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң координаторы Нуратдин Абипов.- Жойбардың тийкарғы мақсети жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бизнес басламаларын  қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм  жаслардың бәнтлиги тәмийинлениўине ҳәм шаңарақтағы социаллық машқалалардың өз шешимин табыўына ерисиў болып табылады. Усы мақсетте Қанлыкөл ҳәм Шоманай районларынан 30 жас ҳәм ҳаял-қыз бизнес басламаларына оқытылады сол арқалы олардың ишинен қәбилетине қарай  өз исбилерменлигин  жолға қойыўға жәрдем бериледи.

Илаж соңында жеңимпазларға сертификатлар тапсырылды.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы