Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының профессор-оқытыўшылары ҳәм методистлерине «Маған сөз бер» методы атамасында  семинар-тренинг өткерилди.

Онда орайдың Мектепке шекемги, баслаўыш ҳәм арнаўлы тәлим методикалары кафедрасының аға оқытыўшысы  Ислам Ихласов тәрепинен  «Маған сөз бер» методы оқыўшыларда үйренилип атырған тема, талқыланып атырған мәселе ямаса машқала бойынша жеке пикирлерин билдириў, пикирлерди дәлиллер менен тастыйықлаў, оларды қорғаў, логикалық жуўмақларды алға қойыў көнликпелерин қәлиплестириў мәселелеринде түсиниклер берилди.

Муғаллим ҳәм оқыўшылар арасында бирге ислесиўге жәрдем бериў ҳәм сабақларда усы методты қолланыў арқалы оқыўшылар өз пикирлерин баянлаў мүмкиншилиги бар екенлиги атап өтилди.

Семинар-тренингте қатнасыўшылар «Маған сөз бер» методы бойынша баслаўыш класстың математика пәни  шеңберинде шынығыўлар иследи.  Үйренилген тема (тапсырма) бойынша анық машқаланы таңлап, машқаладан келип шығып пикир  жүргизип, ўақыт көлемин (6 минута) белгилеп, белгиленген ўақыт жуўмағына жеткеннен соң, гезекпе-гезек машқаланың шешими ҳаққында пикирлерин билдирди. Тренер жәрдеминде ең жақсы шешимлер анықланып, өз-ара пикир алысып, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги