Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ҳәм Беларусь Республикасы Миллий Мәжилиси жанындағы Жаслар парламенти арасында видеоконференцбайланыс түриндеги ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў даўамында еки парламенттиӊ жас ағзалары ҳәр бир мәмлекетте жаслардыӊ ҳуқықый ҳәм сиясий мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған жумысы ҳәм жойбарлары бойынша пикир алысты.

Атап айтқанда, Жаслар парламенти тәрепинен жәмийетшилик мониторингин алып барыў мақсетинде 10 ға шамалас министрликлер менен еки тәреплеме ушырасыўлар шөлкемлестирилгени ҳәм биргеликтеги әмелий жойбарларды жолға қойыўға келисип атырғаны, “Жасыл мәкан” улыўмамиллий ҳәрекети шеӊберинде Жаслар парламенти бағлары шөлкемлестирилип атырғаны ҳәм Өзбекстанда жаслардыӊ социаллық таврмақлардан қәўипсиз ҳәм нәтийжели пайдалыныўы бойынша әмелий илажлар көрилип атырғаны ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда тәреплер 2024-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў Меморандумын әмелге асырыў бойынша “Жол картасы”на қол қойылды.

Бул “Жол картасы”нда Өзбекстан Республикасы ҳәм Беларусь Республикасы жаслар сиясатыныӊ әҳмийетли мәселелери бойынша дөгерек сәўбетлери, усы мәмлекетлерде оқып ҳәм ислеп атырған жаслар менен жүзбе-жүз яки онлайн ушырасыўлар арқалы жасларға пайдалы болған басқа илажларды өткериў нәзерде тутылған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2023-жыл сентябрь айында Өзбекстан ҳәм Беларусь Жаслар парламентлери арасында бирге ислесиў Меморандумына қол қойылған.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы тараўларда нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша байланысларды беккемлеўге таяр екенин билдирди.

Н.Абдураимова,  

ӨзА