Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Қатар мәмлекетиниӊ мәлимлеме агентлиги – QNA Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 15-апрель күни Қатар бас министри, сыртқы ислер министри Муҳаммад бин Абдураҳмон бин Жасим Ол Соний менен ушырасқанын жәриялады.

Мақалада Ташкент қаласында “Орайлық Азия – Араб Қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси” Стратегиялық қарым-қатнасы сыртқы ислер министрлериниӊ екинши ушырасыўы шеӊберинде болып өткен сыртқы сиясат уйымлары басшылары ушырасыўында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў байланыслары ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жоллары көрип шығылғанын атап өткен.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша Қатар ҳәм Өзбекстан сыртқы ислер министрликлери арасында Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы Келисимге қол қойылды.

Мәжилисте сондай-ақ, Қатар Сыртқы ислер министрлигиниӊ Азия регионы бойынша директоры Юсуф бин Султон Ларам ҳәм Қатар Мәмлекетиниӊ Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ҳасан бин Ҳамза Ҳошим да қатнасты.

Муҳаррама Пирматова, ӨзA