Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды көркем өнерге, исбилерменликке, китапқумарлыққа, спорт пенен турақлы шуғылланыўына қызықтырыў мақсетинде өткерилип атырған «Бес баслама» шеңбериндеги спорт илажлары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Быйыл мәҳәллелердеги жаслар арасында спорттың жеңил атлетика, стол тенниси, шахмат, шашка, армрестлинг, волейбол, стритбол, миллий гүрес, киши футбол, футбол, гимнастрада, Workout ҳәм параспорт түрлери бойынша жарыслар бес басқышта өткерилиўи режелестирилген.

Солардың арасында спорттың волейбол түринен өткерилип атырған “Прокурор кубоги” жарыслары орынларда даўам етпекте.

Жарысларда жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың заманагөй билим, кәсип-өнер ийелеп жәмийеттен  өз орнын табыўы ушын зәрүрли болған шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Бунда, жуўапкер уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларына  жәмлеспеген жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм усы арқалы жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў жумыслары ўазыйпа етип белгилеп берилген болып, жаслар менен жеке тәртипте ислесиў системасы жолға қойылды.

Қоңырат районы спорт мектебинде де 2-сектор аймағындағы мәҳәллелердеги жаслар арасында спорттың волейбол түринен жарыс шөлкемлестирилди.

Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болды. Жеңимпазлар анықланып, Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны командасы биринши, Моншақлы мәкан пуқаралар жыйыны командасы екинши ҳәм Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги