Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 16-апрель күни тоқымашылық тараўында экспорт ҳәм инвестиция көлемлерин арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Тоқымашылық барлық аймақларымызда кеӊнен тарқалған ҳәм халықты еӊ көп бәнт еткен потенциаллы санаат тармағы болып табылады. Бүгинги күни 6 мыӊнан аслам кәрханада 570 мыӊ адам жумыс пенен тәмийинленген.

Соӊғы жыллары инвестициялар ҳәм жаӊа технологиялар белсене тартылғаны себепли тараўда нәтийжелилик жедел артқан. Мысалы, өткен жылы 8 миллиард 200 миллион долларлық тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж өнимлери ислеп шығарылған. Бул көрсеткиш 7 жыл алдынғыға салыстырғанда 4,2 есеге көп.

Сондай-ақ, 2023-жылы тармақтағы экспорт 3,1 миллиард доллар болды. Быйыл және үш жаӊа базарларға шығарылып, экспорт географиясы 83 мәмлекетке жетти.

Бирақ, оныӊ қурамы талланса, айырым кемшиликлер де көзге тасланады. Мысалы, таяр товарлар экспортында жоқары қосымша қунлы өнимлердиӊ үлеси аз. Экспорттыӊ шама менен 80 проценти дәстүрий базарларға туўра келип атыр. Европаға экспорт көлеми күтилгениндей емес.

Раўажланған мәмлекетлер базарына яки брендлерге экспорт көлемин арртырыў ушын халықаралық стандартлар ҳәм сертификат талап етиледи. Бирақ, бизлердеги тек ғана 175 кәрхана бундай талапларға жуўап береди. 18 районда тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў жыллық көлеми 1 миллион долларға да жетпейди.

Мәжилисте усы сыяқлы таллаўлар тийкарында тармақтағы үлкен имканиятлар көрсетип өтилди.

“Boston Consulting Group” тыӊ жуўмағына бола, бизлердеги шийки зат пенен кеминде 15 миллиард долларлық өним ислеп шығарыў, және 500 мыӊ жаӊа жумыс орнын жаратыў имканияты бар.

Мысалы, мәмлекетимизде 1 килограмм ийирилген жиптиӊ өзине түсер баҳасы дүньядағы баҳалардан орташа 28 процент арзан. Бул – таяр өнимди көбейтиў ҳәм бесеки ушын оғада үлкен имканият.

Қаржылай қоллап-қуўатлаў да бар. Өткен жылдыӊ басында гезлеме, бояў-пардозлаў, таяр тигиў-трикотаж жойбарлары ушын 50 миллион доллар ресурс ажыратылған. Бул қаржы жумсалғанннан кейин, және 100 миллион доллар қаратыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, аймақларда жойбарларды ҳәм жумыс орынларын көбейтиў кереклигин атап өтти.

– Бул тараўда бирден-бир дурыс жолымыз – бар шийки затты толық қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қун жаратыў ҳәм дәстүрий арзан базарлардан жаӊа базарларға кирип барыў, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өдиристиӊ қолайлы жолларынан бири – ири кәрханалардыӊ филиалларын мәҳәлледен ашыў. Мысалы, Самарқанд қаласындағы “Зарафшон текстил” фабрикасы 11 аймақлық филиал ашқан. Оныӊ абзаллығы сонда, артықша ўақыт ҳәм қәрежет жумсап, жаӊадан стандарт енгизиў яки сертификат алыў шәрт емес. Соныӊ ушын бул әмелиятты кеӊейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Тоқымашылық кәрханалары ушын еӊ әҳмийетли мәселелерден бири бул – шийки зат. Мәмлекетимизде 1 миллион 300 мыӊ тонна талшықты қайта ислеў қуўатлығы бар. Бирақ, ҳәзирги ўақытта 1 миллион тоннаға шамалас талшық таярланбақта. Соныӊ ушын, пахта жетистириўдиӊ өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Пахта-тоқымашылық кластерлериниӊ жумысына да тоқталып өтилди. Олардыӊ турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў бойынша усыныслар додаланды.

Видеоселектор мәжилисинде 100 ден аслам исбилерменлер қатнасты. Президентимиз олар менен сәўбетлести.

Исбилерменлер тоқымашылық кәрханаларын қурыў, қосымша қун салығын бир күнде қайтарыў әмелиятын кеӊейтиў, экспорт алды кредитлер алыўды әпиўайыластырыў, арзан қаржы ресурсларын ажыратыў, миллий өнимлерди ғалаба ен жайдырыў бойынша машқала ҳәм усынысларды айтты.

Жуўапкерлерге бул мәселелерди тереӊ үйренип, әмелиятқа енгизиў, зәрүр болса, нызамшылықты жетилистириў ўазыйпасы қойылды.

Тараўды комплексли раўажландырыўда “Өзтоқымашылықсанааты” ассоциациясы әҳмийетли орын тутады. Соныӊ ушын енди оны тоқымашылықтыӊ ҳәр бир бағдарындағы исбилерменлерден ибарат Кеӊес басқарады. Ҳәр бир ўәлаят бойынша оныӊ ўәкиллери сайланады. Ассоциация хызметкерлери кластерлер ҳәм тоқымашылық кәрханаларына өндирис, инвестициялар, экспорт ҳәм жумыс орынларын көбейтиўге жәрдемлеседи.

Брендлар менен ислесиў, халықаралық сертификатқа ийе экспортшылардыӊ санын арттырыў, Европа мәмлекетлеринде кеӊ көлемли үгит-нәсиятлаў илажларын өткериў әҳмийетли екени атап өтилди.

Кластерлерде илим ҳәм әмелият үйлесимлигин тәмийинлеў мақсетинде изертлеў ҳәм раўажланыў (R&D) топарларын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

ӨзА