Валюта алмастырыўшылар иркилди

198

Бас прокуратура жанындағы  Департаменттиң Кегейли ҳәм Қанлыкөл районлық бөлимлери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети  хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда валюта алмастырыў менен шуғылланыўшылар иркилди.

Атап айтқанда  пуқаралар П.Қ. ҳәм Б.К. пуқаралар С.Д. ҳәм Д.Б.дан жәми 6 мың 800 АҚШ долларын  85,4 миллион сумға сатып алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдайлар бойынша ϴзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги