Президент басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт ҳәм инвестиция көлемлерин арттырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде тоқымашылық тармағындағы 6 мыңнан аслам кәрхана 570 мың халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеп атырғанына итибар қаратты.
Яғный, санаат тармақлары арасында ең көп жумыс орынлары жаратқан да, ең көп халықты бәнт етип турған тараў да бул – тоқымашылық санааты.
Мәмлекет басшысының тапсырмасы тийкарында тоқымашылықтың барлық бағдарларындағы исбилерменлер менен сәўбетлесип, оларды ойландырып атырған мәселелер үйренилди ҳәм шешимлер ислеп шығылды.
Жүзден аслам исбилерменлер мирәт етилген мәжилисте усы мәселелер талланып ҳәм жаңа илажлар көрип шығылды.
ӨзА