Төрткүл районы Қорғаныў ислери бөлиминиң баслығы, подполковник Р. Камалов басшылығында “Яхтилик” мәкан пуқаралар жыйынында жасаған, шәртнама тийкарында хызмет етип атырған Д.Шарипов ҳәм “Отаюрт” аўыл пуқаралар жыйынында жасаған, ҳәзирги ўақытта шәртнама тийкарында хызмет етип атырған аға лейтенант Н.Жумабаевлардың ата-аналарына ϴзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Алғыснамалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Илажда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, жаслар жетекшилери, олар билим алған мектеплердеги шақырыққа шекемги басланғыш тәлим пәни муғаллимлери, “Ўатан таянышы” отрядының ағзалары қатнасты.

“Инсан жүрегинде Ўатанға болған муҳаббат ең дәслеп ата-анасының берген тәрбиясынан басланады”, деп басланады  ϴзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Алғыснамасы. Ҳақыйқатында да, район перзентлери, 3 дәрежели сержант  Дастанбек Шарипов ҳәм аға лейтенант Нематжан Жумабаевлардың ата-аналарынан алған тәрбиясы нәтийжесинде бүгинги күни өзлериниң жигитлик миннетин шын кеўилден атқарыў менен бирге халықаралық улыўма армия ойынлары менен абырайлы жарысларда мәмлекетимиздиң байрағын жоқары көтерип, өзлериниң қәбилетин көрсетип келмекте. Тынымсыз мийнети менен миллий армиямыздың абырайын мүнәсип қорғаған бул жигитлер ҳәр қандай мақтаўға ылайықлы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги