Ҳǝзирги күнде жаслардың бахты ушын қыздың жақынлары тǝрепинен тойға деп мүлклер бериў ǝдет түсине айналған. Бирақ, турмысы келиспеген жаслар арасында ажырасыўлар да ушырасып, күйеў тǝрептен қызға қосып берилген мүлклерди қайтармай қалған жағдайлар да жоқ емес.

Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының 2023-жыл 15-ноябрьдеги орынлаў ҳүжжети тийкарында даўагер М.О.ға жуўапкер Х.А.дан оның жасаў мǝнзилинде турған муғдары дерлик 15 миллион сумлық 46 атамадағы мүлкти алып бериў белгиленген. Усы орынлаў ҳүжжети Мǝжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районлық бɵлими ис жүргизиўине келип түсип, хызметкерлер тǝрепинен орынлаў ҳǝрекетине кирисилген.

Атап айтқанда, бɵлим хызметкерлери тǝрепинен жуўапкердиң жасаў мǝнзилине усы жылдың 13-апрель күни барылып, 46 атамадағы барлық мүлклер даўагер М.О.ға алып берилип, суд қарарының орынланыўы тǝмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги