Президент басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт ҳәм инвестиция көлемлерин арттырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Өткен жылы тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў 94 триллион сумға жетип, соңғы 7 жылда 4,2 есеге көбейгени, 2023-жылы тармақтағы экспорт 3,1 миллиард доллар болғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, ақырғы еки жылда дүнья базарында тоқымашылық өнимине болған талап азайғаны атап өтилди. Буннан тысқары, тийкарғы экспорт базарларымызда валюта курсы менен байланыслы машқалалар жүзеге келди.

Соның есабынан өткен жылы тоқымашылық тараўы экспортта 200 миллион доллар шығынға ушырады.

 

ӨзА