«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен Турақ жай кодекси, Қала қурылысы кодекси, «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында» ҳәм «Жер участкаларын компенсация  орнына жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойыў тәртип-бағдарламалары ҳаққында»ғы нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызамда жеке меншик мүлкке болған ҳуқықларға қол қатылмаслығын, исбилерменлик субъектлери мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

Онда ҳеш ким судтың қарарысыз, нызамға қайшы тәризде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ жайынан айырылған мүлк ийесине турақ-жайының баҳасы, ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәм тең баҳада қапланыўы тәмийнлениўи белгиленбекте.

Бул Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитети мәжилисинде атап өтилди.

Нызам жеке меншик мүлктиң ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының қорғалыўы кепилликлерин күшейтиўге, исбилерменлик жумысын еркин әмелге асырыў ушын қосымша кепилликлер ҳәм шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Мәжилисте, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы Бәсекени раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң жумысы және де раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Усы нызам менен «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында» ҳәм «Бәсеки ҳаққында»ғы нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, мәмлекет жәрдем берилиўин нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый хүжжетлер жойбарлары Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети менен белгиленген тәртипте келисиў зәрүрлиги «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы нызамда өз көринисин таппақта.

Нызам менен бәсеки ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын материаллық санкциялар қолланыўда хожалық жүргизиўши субъектлерге жеңиллик берилмекте.

Мәжилисте көрилген мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА хабаршысы