Өзбекстанныӊ Женевадағы БМШ бөлими ҳәм басқа халықаралық шөлкемлердеги турақлы ўәкили Элдиёр Тошматов БМШ Европа экономикалық комиссиясы (ЕЭК) атқарыўшы хаткери Татяна Молчан менен ушырасты.

Европа экономикалық комиссиясы атқарыўшы хаткерине республикада әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Татяна Молчан мәмлекетимиздиӊ кейинги жыллары экономикалық тараўда ерискен жетискенликлерин, еки тәреплеме бирге ислесиў беккемленип атырғанын жоқары баҳалады. «Мен ЕА ҳәм Өзбекстан арасындағы саўда, инновациялар, энергетика, экология, статистика ҳәм басқа тараўларды раўажландырыў сыяқлы оғада тығыз бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймен», деди ол.

ЕЭК атқарыўшы хаткери Комиссия Өзбекстанды өз ўәкилликлери шеӊбериндеги барлық тараўларда қоллап-қуўатлаўға садық екенин тастыйықлады. Өзбекстанда Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўға жәрдемлесиў бойынша өз-ара пайдалы жумыслардыӊ көплеген бағдарлары, атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, турақлы қосымша қун шынжыры, инновациялар ҳәм басқа тараўлардағы жумыслардыӊ нәтийжелери айрықша атап өтилди.

Татяна Молчан, сондай-ақ, 2024-жыл 2-3-май күнлери болып өтетуғын III Ташкент халқаралық инвестиция форумында қатнасатуғынын ҳәм сапар даўамында республиканыӊ министрлик ҳәм уйымларында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша бир қатар ушырасыўлар өткеретуғынын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги