Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-апрель күни “Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси” стратегиялық қарым-қатнасы сыртқы ислер министрлериниң екинши ушырасыўы шеңберинде мәмлекетимизге келген Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов, Қатар мәмлекети Бас министри, сыртқы ислер министри шейх Муҳаммад бин Абдураҳмон Ол Соний басшылығындағы делегацияны, Саудия Арабстаны сырткы ислер министри шахзада Файсал бин Фархон Ол Сауд, Оман Султанлығы сыртқы ислер министри Бадр бин Ҳамад ал-Бусайдий басшылығындағы делегацияны, Кувейт мәмлекети сыртқы ислер министри Абдулла ал-Яҳё басшылығындағы делегацияны, Бахрейн Патшалығы сыртқы ислер министри Абдуллатиф бин Рашид ал-Заяний басшылығындағы делегацияны, Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура  министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегацияны, Әзербайжан сырткы ислер министри Жайхун Байрамов ҳәм Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси бас хаткери Жасим бин Муҳаммад ал-Будайвийди қабыл етти.

Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм тереңлескен стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыў өсип атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. “Шават-Ташаўыз” саўда зонасы шөлкемлестирилмекте. Санаат кооперациясы, энергетика, транспорт, логистика, аўыл хожалығы тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў даўам етпекте.

Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алиасыўлар кеңеймекте. Быйылғы жылы Өзбекстанда Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниң 300 жыллыгы мүнәсибети менен бир қатар илажлар өткериледи.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық шеңберинде көп тәреплемели шерикликтиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Қатар Бас министри Муҳаммад Ол Соний Өзбекстан жетекшисине Қатар Әмири Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Еки тәреплеме бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономика, инвестиция ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы сиясий сәўбет жедел түрге енгенин, өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көлеми жедел артып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Қатардың жетекши компанияларыныӊ қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте. Октябрь айында Өзбекстанда Қатар мәденият ҳәптелиги болып өтеди.

Биргеликтеги инвестициялық жойбарларды алға қойыў, оларды қаржылай қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин тезирек жаратыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер, соның менен бирге, Жақын Шығыстагы жағдайдың оғада кескинлесип атырганы бойынша да пикир алысылды.

Саудия Арабстаны сыртқы ислер министри шахзада Файсал бин Фархон Ол Сауд Өзбекстан жетекшисине Патша Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасхор, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ол Саудтың шын кеўилден сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Саудия Арабстаны арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды ҳәм кең көлемли шерикликти жокары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бүгинги күнде түрли дәрежелерде жедел сөйлесиўлер ҳәм делегациялардың өз-ара сапарлары даўам етпекте. Өз-ара саўда көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм авиақатнаўлардың саны артып бармақта.

“Жасыл” энергетика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, IT ҳәм басқа әҳмийетли тараўларда кооперация жойбарлары басланған.

Болажақ илажлар, соның менен бирге, 2025-жылы өткерилетуғын “Орайлық Азия –Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси” қарым-қатнасыныӊ екинши саммитине пуқта таярлық көриў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, регионаллық күн тәртибиндеги басқа мәселелер, атап айтканда, Аўганстандағы жағдай ҳәм Палестина машқаласын тыныш жол менен шешиў бойынша пикир алысылды.

Оман Султанлығы сыртқы ислер министри Бадр бин Ҳамад ал-Бусайдий мәмлекетимиз басшысына Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтиң шын кеўилден сәлеми ҳәм тилеклерин жеткерди.

Еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы потенциалды нәтийжели әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстанда жумыс алып барып атырған биргеликтеги инвестиция компаниясының жойбарлар портфелин кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Банк тараўын раўажландырыў, санлы технологиялар, энергетика, санаат, аўыл хожалығы, билимлендириў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда жаңа жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў усыныс етилди.

Өз-ара сөйлесиўлерди ҳәм бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлерин жеделлестириў – сиясий мәсләҳәтлесиўлер, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, бизнес форумлары ҳәм көргизбелерин турақлы өткерип барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Регионаллық, сондай-ақ, 2011-жылғы Ашхабад келисимлери шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Кувейт Мәмлекети сыртқы ислер министри Абдулла ал-Яҳё Өзбекстан жетекшисине Кувейт Әмири шейх Мишъал ас-Сабоҳтың шын кеўилден сәлеми ҳәм тилеклерин жеткерди.

 Еки мәмлекет арасындағы конструктивлик сиясий сәўбетти даўам еттириў, саўда-экономикалық, қаржы-инвестициялық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара сапарларды жеделлестириў, мәдений ҳәм туризм алмасыўларына байланыслы бағдарламаларды әмелге асырыў, жетекши компаниялардыӊ қатнасыўында, соның менен бирге, Кувейт араб экономикалық раўажланыў фонды менен тығыз бирге ислесиў шеңберинде ҳәм Кувейт инвестиция агентлиги менен нәтийжели шерикликти жолға қойыў арқалы әҳмийетли тармақлардағы инвестициялық жойбарларды алға қойыў зәрүрирлиги атап өтилди.

Жақын аралықта еки тәреплеме сиясий мәсләҳәтлесиўлер, биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси ҳәм бизнес форумын өткериў әҳмийетли екени атап өтти.

Регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Бахрейн Патшалығы сыртқы ислер министри Абдуллатиф бин Рашид ал-Заяний мәмлекетимиз басшысына Патша Ҳамад бин Исо Ал-Халифаныӊ сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Бахрейн арасындағы көп тәреплемели шерикликти және де раўажландырыў ҳәм кеӊейтиў мәселелери көрип шығылды.

Сиясий байланысты жеделлестириў ҳәм сиясий мәсләҳәтлесиўлер механизмин тез арада иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў, банк-қаржы, автомобиль ҳәм темир жоллары қурылысы, энергетика инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм басқа әҳмийетли бағдарлардағы бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў ушын үлкен потенциал ҳәм кеӊ имканиятлар бар екени атап өтилди.

Усы мақсетте быйылғы жылы биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комитеттиӊ дәслепки мәжилисин өткериў менен Өзбекстан ҳәм Бахрейн компаниялары ўәкиллериниӊ қатнасыўында Исбилерменлер кеӊесин шөлкемлестириў режелестирилген.

Халықаралық күн тәртиби, соныӊ менен бирге, қәўипсизликке заманагөй қәўиплерге қарсы гүресиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Өзбекстан жетекшиси Бахрейн сыртқы ислер министрин қутлы жасы менен қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм табыслар тиледи.

Бирлескен Араб         Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктуралар министри Суҳайл ал-Мазруий ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шейх Муҳаммад Ол Наҳаян, вице-президенти, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум, вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян ҳәм Абу-Даби әмирлиги Валиаҳди Шайх Ҳолид Ол Наҳаянныӊ сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Әҳмийетли бағдарлардағы әмелий бирге ислесиўди және де кеӊейтиў мәселелери толық көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Әмирликлер арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиӊ бүгинги жоқары дәрежеси үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта. Өзбекстанда Әмирликлер инвестициясы қатнасыўында 300 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Биргеликтеги жойбарлар портфели 4 миллиард доллардан артқан.

“Жасыл” энергетика, металлургия, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм коммуникация сыяқлы тармақларда перспективалы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Трансаўған темир жолыныӊ техникалық жойбарын таярлаў ҳәм қурылысын баслаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлардыӊ режеси де көрип шығылды.

Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министри Жайхун Байрамов ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиӊ сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўин және де кеӊейтиў мәселелери көрип шығылды.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўдиӊ 10 жаӊа бағдары бойынша перспективалы жойбарлар портфелин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды.

Турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер себепли еки тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан жаӊа дәрежеге шыққаны, әмелий мазмун менен байығаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылы товар алмасыў 27 процентке артты. Автомобиль қурылысы, электротехника, энергетика, тоқымашылық ҳәм аўыл хожалығы тармақларында кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта. Биргеликтеги инвестьиция фонды өз жумысын баслады.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм илажлардыӊ режеси де көрип шығылды.

Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси бас хаткери Жасим бин Муҳаммад ал-Будайвий менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Кеӊес арасындағы конструктивлик байланысты және де раўажландырыў, бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

​Мәмлекетимиз басшысы регионлар арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиӊ бүгинги пәтинен миннетдар екенин билдирди ҳәм Ташкент қаласында өткен сыртқы ислер министрлери екинши ушырасыўыныӊ нәтийжели жуўмақларын жоқары баҳалады.

Өткен жылы Жидда қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қолтық араб мәмлекетлери биринши саммитинде ерисилген келисимлердиӊ орынланыў барысы додаланды.

Өзбекстан тәрепинен инвестиция, саўда, жоқары технологиялар, туризм ҳәм басқа бағдарларда алға қойылған басламалар ҳәм усынысларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

2025-жылы Самарқанд қаласында өткерилетуғын екинши саммит күн тәртибин таярлаўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.

ӨзА