Ташкентте “Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси” стратегиялық қарым-қатнасы сыртқы ислер министрлериниӊ екинши ушырасыўы болып өтти.

Әнжуманда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Бахрейн, Қатар, Кувейт, БАӘ, Оман ҳәм Саудия Арабстаны сыртқы ислер министрлери қатнаспақта.

Өзбекстан, атап айтқанда, Ташкент қаласы, Орайлық Азия ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери халықлары арасындағы көп әсирлик тарийхый байланыслар, мәдений алмасыўлар ҳәм бүгинги күнде өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын үлкен потенциалға тийкарланған регионлараралық байланыстыӊ жаӊа форматына әмелий пәт бағышлайтуғын мәнзилге айланбақта.

– “Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси” стратегиялық қарым-қатнасы мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли орын тутады, – деди Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов. – Қарым-қатнас форматыныӊ Орайлық Азиядағы дәслепки дөгерек сәўбети Өзбекстан жеринде болып өтип атырғаны, еки стратегиялық әҳмийетли регион – Орайлық Азия ҳәм Қолтық арасындағы шерикликти және де беккемлеўге қаратылған аўызбиршилигимиз ҳәм исенимимиздиӊ айқын тастыйығы болып табылады. Бул бәринен бурын, бирге ислесиўимиздиӊ күн тәртибин додалаў, 2023-жылы Жидда қаласында болып өткен биринши саммитте ерисилген келисимлерди биргеликте әмелге асырыў, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысыў ушын қолайлы имканият болып табылады.










Ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, қәўипсизлик, саўда-экономикалық, инвестиция, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

– “Орайлық Азия ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси” стратегиялық қарым-қатнасы сыртқы ислер министрлериниӊ екинши ушырасыўын өткериўден мақсет келеси жылы Самарқанд қаласында болып өтетуғын “Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси” форматындағы екинши жоқары дәрежедеги саммитке таярлық көриўден ибарат, – деди Араб қолтығы мәлекетлери бирге ислесиў кеӊеси бас хаткери Жасим бин Муҳаммад ал-Будайвий. – Яғный болажақ мәжилис және бир нәтийжели саммитке тийкар қойыў ўазыйпасын атқармақта. Және бир әҳмийетли тәрепи, Араб қолтығы мәмлекетлери Орайлық Азия мәмлекетлери менен өз-ара жақсы қатнасықта екени болып табылады.

Ташкентте ушырасыў әлбетте, тәреплер бир-бириниӊ потенциалын толық жүзеге шығарыў жолындағы гезектеги қәдем болып, жедел раўажланып атырған еки регион мәмлекетлери арасында өз-ара түсиниў, исенимли байланыс ҳәм теӊ ҳуқықлы шериклик платформасын беккемлеўге хызмет етеди.

Министрлер әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер, атап айтқанда, Аўғанстан, Жақын Шығыстағы жағдай ҳәм басқа бир қатар темалар бойынша да толық пикир алысылды.

Мәжилис жуўмағы бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилди ҳәм ғалаба хабар қураллары ушын брифинг шөлкемлестирилди.

ӨзА