15-апрель – Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни

Пайтахтымызда 15-апрель – Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген бул илажға көркем өнердиң түрли бағдарларында дөретиўшилик етип атырған жерлеслеримиз, тараў ўәкиллери мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти баслығы Одил Абдураҳмонов жаңаланыў процесслери жедел өтип атырған Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыўына әҳмийетли итибар қаратылып атырғанын атап өтип, қатнасыўшыларды қутлықлады.

Атап көрсетилгениндей, мәдений хызмет көрсетиў көлемин барған сайын кеңейтиў ҳәм көтериў, миллий көркем өнеримизди дүньяға ен жайдырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, дөретиўши зиялылар ушын әҳмийетли барлық шараят ҳәм имканиятларды жаратыў бағдарында жаңа басламалар турмысқа енгизилмекте. Тараўға тийисли миллий нызамшылық турақлы раўажландырылмақта. Мақам, бақсышылық, аския өнери бойынша орайлар шөлкемлестирилди. Көркем өнердиң бул айрықша ҳәм әййемги түрлери бойынша халықаралық фестиваллар нәтийжели шөлкемлестирилмекте. Уллы ойшылларымыз ҳаққында фильмлер жаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында Ташкент халықаралық кинофестивалы шерек әсирден кейин қайта тикленди. Бүгинги күнде мәденият тараўында 40 мыңнан аслам хызметкер нәтийжели жумыс алып барып, системаның раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.

Президентимиздиң 2023-жыл 22-декабрьдеги Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжлисинде система алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

– Мине үш жылда, мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни кеңнен белгиленип келмекте, – деди Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков. – Мәмлекетимиз басшысы ҳәр қандай ийгиликли усыныс ҳәм басламаларымызды белсене қоллап-қуўатламақта. Еле халқымыз алдында қарызымыз көп. Бүгин инсан руўхыйлығы, санасы, қәдириятларына қарсылық күшейген бир қурамалы дәўирде мәденият ҳәм көркем өнер халықтың кеўили, қәдириятлары, сана-сезими қорғаўшылары болып ортаға шығыўы керек. Өйткени, руўхый турақлылықты тәмийинлеў, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, халқына жоқары мәдений хызмет көрсетиў, материаллық емес мәдений мийрасын сақлаўда еле исленежақ жумысларымыз көп. Сонда ғана заманласларымыз мәдений-руўхый тараўлардағы реформалар нәтийжелилигин әмелде сезеди.

Илаж даўамында мәденият ҳәм көркем өнер кең жәмийетшилигиниң үлкен топары, «Мәденият министри кубоги ушын» дәстүрий спорт жарысының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери сыйлықланды.

Салтанатлы илажда көркем-өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўында жарқын ҳәм айрықша концерт бағдарламасы тамашагөйлер итибарына усынылды.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзА хабаршысы