Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жумыс алып барып атырған тьюторлардың билими ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли мәжилис протоколында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып өткерилип атырған оқыў курсларының дәслепки жуплық сабағы институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров тәрепинен «Жаңа Конституция ҳәм жаслар сиясаты» темасы бойынша алып барылды.

Бир айлық оқыў курслары даўамында тьюторлар Жаңа Өзбекстанда билимлендириў тараўындағы реформалар, глобалласыў шараятында жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, ата-бабалардан мийрас болып киятырған қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, миллетлер аралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти, китапқумарлық ҳәм экологиялық мәдениятты жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың басқа да әҳмийетли мәселелери бойынша өз билимлерин тийисли қәнигелер басшылығында беккемлеп барады.

Оқыў курсларының жуўмақлары бойынша тьюторлардың ийелеген билим ҳәм көнликпелери жазба ҳәм тест формасында сынақтан өткерилиўи, олардың жумыс нәтийжелилиги арнаўлы баҳалаў механизми (KPI) бойынша баҳаланыўы режелестирилген.

Оқыў курслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

И.Матековтың түсирген сүўретлери