«Хожели» шегара бажыхана постында арнаўлы-оқыў тактикалық шынығыўлары өткерилди.

Мақсет – пост арқалы контрабанда жолы менен кирип келген ионластырыўшы нурланыў дәреклери анықланғанда айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик стуктуралардың ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының биргеликтеги ҳәрекетлерин муўапықластырыў, тәжирийбелерин арттырыў болып есапланады.

Оқыў шынығыўларында Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер министрлиги, Бажыхана, Айрықша жағдайлар басқармасы, Шегара әскерлери ҳәм  Айрықша жағдайлар Мәмлекетлик төменги структуралары хызметлери қатнасты.

Оқыў шынығыўы даўамында “Хожели” шегара бажыхана постына шәртли түрде қоңсылас республикадан кирип келген ҳәм жоқары радиациялық фон белгиленген автотранспорт қуралын зыянсызландырыў және оны белгиленген тәртипте бажыхана посты аймағынан алып шығып кетиў бойынша илажлар избе-излиги әмелге асырылды.

Атап айтқанда, санкцияланбаған ионластырыўшы нурланыў дәреклериниң табылыўы менен байланыслы айрықша жағдайларды сапластырыўға қосылатуғын күш ҳәм қуралларды хабардар етиў ҳәм жыйнаў бойынша объектлер нәўбетши-диспетчерлик хызметлериниң ҳәрекетлери, айрықша жағдайларды сапластырыў штабы жумысларын шөлкемлестириў, радиациялық бақлаў топарлары тәрепинен радиациялық зыянланыў көлемин анықлаў, объекттиң жумысшы-хызметкерлерин ҳәм  жолаўшыларды эвакуациялаў илажларына айрықша итибар қаратылып, шынығыў талапларының орынланыўы бойынша структуралық мәкемелердиң ҳәрекети ҳәм бирге ислесиўи баҳаланып барылды.

Оқыў шынығыўы жуўмағында бажыхана басқармасы жуўапкерлери тәрепинен шынығыў даўамында жол қойылған қәте-кемшиликлерге айрықша тоқталып, радиациялық нурланыў объектлериниң қәўиплилик дәрежелери бойынша теориялық түсиник жумыслары алып барылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги