Мәмлекеттиӊ экономикалық раўажланыўы оныӊ сыртқы товар айланысыныӊ көлеми ҳәм өзгешеликлерине тығыз байланыслы. Турақлы  экспорттыӊ тәмийинлениўи,  импорт товарлардыӊ  оптималластырылыўы ҳәм мәмлекетимиздиӊ инвестициялық тартымлылығын тәмийинлеўде бажыхана уйымларыныӊ орны гиреўли.

Усы мақсетте бажыхана хызметкерлери исбилерменлик субъектлеринде болып, бажыхана рәсмийлестирилиўинде жаратылып атырған имканиятларды кәрханалардыӊ жумысында қолланыў арқалы өндиристиӊ көлемин арттырыў бойынша үгит-нәсият илажларын алып бармақта.

Республикамыздыӊ экспорт потенциалында өзимизде жетистирилген пахта талшығынан “ийирилген жип” өнимин ислеп шығарыў “полиэтилен” экспортынан кейинги жетекши орында турады. Бүгинги күни усы өнимди сапалы ислеп шығарып, дүнья базарларына алып шығып атырған онға шамалас кәрхананыӊ арасында Қанлыкөл районында жайласқан “Kanteks invest” жуўапкершилиги шекленген жәмийети де өзиниӊ салмақлы орнына ийе.

Үлкемизде жетистирилген пахта талшығынан жеӊил санаат өнимлерин ислеп шығарыў, сырт еллерге экспорт етиў менен шуғылланыўшы бул ири тоқымашылық кәрханасы 2019-жылы Қанлыкөл районында  10 гектар жер майданында бой тикледи. Германия, Швейцария, Ҳиндистан ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлерден алып келинген соӊғы  маркадағы тоқымашылық үскенелери менен тәмийинленген кәрхана жылына 9 мыӊ тонна ийирилген жип ислеп шығарыў ҳәм 12 мыӊ тонна пахтаны қайта ислеў қуўатлылығына ийе.

Бүгинги күни 600  жумыс орнына ийе болған бул кәрхана жыл басынан берли  Түркия, Россия, Қытай сыяқлы мәмлекетлерге 3 миллион 86 мыӊ АҚШ доллары муғдарындағы  1 мыӊ 160 тонна ийирилген жип өними экспортын әмелге асырды.

Ушырасыў даўамында бажыхана хызметкерлери тәрепинен экспортқа шығарылып атырған бәсекилес өнимниӊ көлемин еле де арттырыў бойынша усыныслар берилип,  ҳүкиметимиз тәрепинен экспортты қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған реформалардыӊ нәтийжесинде исбилерменлик субъектлерине жарытылған имканият ҳәм усынылып атырған жеӊилликлер туўралы мағлыўмат берилди.

Бажыхана комитети менен “Kanteks Invest” жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында “Экспорт үш қәдемде” мәлимлеме системасын сынақ тәризинде жолға қойыў бойынша Меморандум дүзилген болып, буннан гөзленген мақсет те сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысы, ҳәм бажыхана уйымлары ушын пайдалы  болған өз-ара мәлимлеме алмасыў, бар мағлыўматларды таллаў, бажыхана ҳәм мәмлекеттиӊ экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы ҳуқықбузарлықларды анықлаў, алдын алыў ҳәм сапластырыўдан ибарат.

Енди бул кәрхана Бажыхана комитети тәрепинен ислеп шығылған  “Экспорт үш қәдемде” мәлимлеме системасына автомобиль транспортында әмелге асырылатуғын экспорт товарлары бойынша бажыхана жүк деклерацияларын жибереди ҳәм шегара бажыхана постында  арнаўлы пломбалардыӊ басылыўы арқалы  рәсмийлестириледи. Сынақ тәризинде қолланылып атырған бул жойбар унамлы көтсеткишлерге ийе болса, барлық экспортёр кәрханалардыӊ жумысына енгизилиўи нәзерде тутылған.

Жеӊил ҳәм аўыр санааттағы өндирис кәрханаларыныӊ раўажланыўы ҳәм миллий бәсекилес товарлардыӊ дүнья базарына кирип барыўы – мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған кеӊ көлемли жумыслардыӊ унамлы нәтийжеси болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги