15-апрель күни Доха қаласында футбол бойынша U-23 Азия Кубоги жарысы басланды.

Онда турнир ийеси есапланған Қатар сайланды командасы Индонезия менен ушырасып, 2:0 есабында жеңиске еристи.

Усы топардағы екинши ойында болса, Австралия Иордания менен теңбе-тең ойнап, өз-ара 1 упайдан бөлисти. Есап 0:0.

Ал, бүгин 1-тур шеңберинде төрт ойын өткериледи. Атап айтқанда, Япония Қытай менен ушырасса, Ирак Таиланд пенен күш сынасады. Өткен Азия чемпионатында шерек финалға шыққан Тажикстан сайланды командасы болса, турнир фаворитлериниң бири Саудия Арабстаны менен, Қубла Корея Бирлескен Араб Әмирликлери менен ойынға түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги