Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Арал теңизиниң қурыған аймағында қоршаған орталықты қорғаў мәселесине арналған “II Oraylıq Aziya Shań” халықаралық конференциясы болып өтпекте.

Конференцияға  80 ге шамалас  сырт мәмлекетлерден мийманлар, елимизден эколог илимпазлар, қәнигелер қатнаспақта. Илажды Бердақ атындағы ҚМУ ниң ректоры А.Реймов ашып берди.


Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, Өзбекстан Республикасы Президенти  жанындағы Аралбойы Халықаралық инновация орайы директоры Б.Ҳабибуллаев ҳәм басқа да жуўапкер қәнигелер қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар  Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде қоршаған орталыққа экологиялық аўыр ақыбетлерди келтирип шығарып атырғанлығы, Президентимиз тәрепинен экологиялық ақыбетлерди жумсартыў ҳәм халықтың саламатлығын сақлаў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, теңиз ултанында жасыл майдан жаратыў илажлары алып барылып атырғанлығы ҳаққында айтып өтти.

Конференцияның тийкарғы мақсети дүнья илим жәмийетшилигиниң Арал теңизи бойындағы   суў, топырақ, экосистема, қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығына тәсир етиўши машқалаларды биргеликте шешиў болып есапланады.




Конференцияның ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Конференция даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги