Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Беруний районы аймағынан өтиўши А-380 автомобиль жолының 661-километри хәм Әмиўдәрья районы аймағындағы 4р-160А автомобиль жолының 0,6-километринде салмақ өлшеў пунктлери (тәрези)  жумыс баслады. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги хабар берди.

Бул салмақ өлшеў пунктлерин шөлкемлестириўден мақсет – республикамыз аймағындағы автомобиль жолларында ҳәрекетлениўши аўыр жүк автотранспортларының салмағын қадағалап барыўдан ибарат.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде автомобиль жолларының, қала көшелериниң тез-тезден оңлаўға мүтәж болып қалыўының тийкарғы себеплеринен бири белгиленген салмақтан артықша жүк артқан аўыр жүк автотранспортлары болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасы аймағындағы автомобиль жолларында қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, жүк автотранспортларының көшерге түсиўши салмағы төмендегише белгиленген.

Егерде жүк автотранспортта 6 көшер болса 44 тоннадан, 5 көшер болса 40 тоннадан, 4 көшер болса 32 тоннадан, ал 3 көшер болса 26 тонна ҳәм 2 көшер болса 18 тонна салмақтан зыят болмаўы керек.

Салмақ өлшеў пунктлери жәрдеминде буннан былай көрсетилген нормадан артық жүк артқан автотранспорт қуралларына автомобиль жолларында ҳәрекетлениўине руқсат етилмейди ҳәм белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады.

Ҳәзирги ўақытта аймақларда «Биз автомобиль жоллары тармағының жарамлы жағдайын сақлаў тәрепдарымыз!» сүрени астында бақлаў илажлары ѳткерилмекте.

Илаж даўамында улкен кѳлемли ҳәм аўыр салмақлы транспорт қуралларының жолларда ҳәрекетлениўинде салмақ ҳәм кѳлем параметрлери бойынша белгиленген нормаларға қатаң әмел етиўин тәмийинлеў мақсетинде Транспортты бақлаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бѳлими,  ЖҲҚБ ҳәм Автомобиль жоллары бас басқармасы хызметкерлери менен биргеликте түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги