Бүгин Ташкентте “Орайлық Азия – Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси” форматындағы сыртқы ислер министрлериниӊ екинши ушырасыўы басланды.

Әнжуманда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Бахрейн, Қатар, Кувейт, БАӘ, Оман ҳәм Саудия Арабстаны сыртқы ислер министрлери қатнаспақта.

Ҳүрметли мийман ретинде Әзербайжан сыртқы ислер министри Жейхун Байрамов  мирәт етилген.

Өзбекстан, атап айтқанда, Ташкент қаласы, Орайлық Азия ҳәм Қолтық араб мәмлекетлери халықлары арасындағы көп әсирлик тарийхый байланыслар, мәдений алмасыўлар ҳәм бүгинги күнде өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын үлкен потенциалға тийкарланған регионлараралық байланыстың жаӊа форматына әмелий пәт бағышлайтуғын әҳмийетли халықаралық форум өткерилетуғын мәнзилге айланбақта.

Мағлыўмат орнында: 2022-жылдыӊ 7-сентябрь күни Саудия Арабстаны пайтахты Ар-Риёд қаласында “– Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси – Орайлық Азия” Стратегиялық сәўбетиниӊ биринши министрлер ушырасыўы болып өткен еди.

Бул халықаралық жыйында Бахрейн, Қатар, Кувейт, БАӘ, Оман, Саудия Арабстаны, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан сыртқы ислер министрлери Кеӊес мәмлекетлери ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы сиясат, қәўипсизлик, саўда ҳәм инвестиция, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, жаслар ҳәм спорт тараўларындағы қатнасықлардыӊ ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалаў күтилмекте.

Муҳаррама Пирматова, Даврон Эрназаров (фото), ӨзА