Болгарияның София қаласында көркем гимнастика бойынша жәҳән кубогиниң гезектеги басқышы жуўмақланды.

Онда қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы 1 гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды. Атап айтқанда, командамыздың жетекши спортшыларының бири Тахмина Икромова топ пенен шынығыў ислеў бағдарламасында 34.050 балл топлап, екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги