Президент Шавкат Мирзиёев Сайхунабад районындағы Пахтакон мәҳәллесинде жасайтуғын дийқан бағман Турсынбай ата Ариповқа Tracker автомашинасын саўға етти.

– Президентимиздиң районымызға сапары мениң өмиримде ең бахытлы, есте қалатуғын күн болды, – дейди Турсынбай ата. – Сапар ўақтында журтбасшымыз маған «Трекер» автомашинасын саўға етти. Кейин мәҳәлледеги жүзим жетилистириўшилерге басшылық етиўимди айтты. Хош хабардың қос қанаты болады, дегениндей, мәҳәлле, районымыз, ўәлаятымыз, қалаберсе, ойпатлықтағы ағайинлер, досларымның қутлықлаўлары қушағында жасап атырман. Ферғана ойпатының Алтиарық районындағы Жүзимши мәҳәллеси сыяқлы енди бизиң мәҳәлле халқы да жүзимшилик пенен шуғылланады. Аўылласларымызға бул бағдарда қолымнан келгенше хызмет етемен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги