Қазақстанда суў тасқынларынан жәбир көрген аймақлардан 100 мыңға шамалас адам эвакуацияланды.
Күшли жаўынлардан кейин ериген қар себепли жүзеге келген суў тасқынлары нәтийжесинде мәмлекеттиң 10 аймағында 3 мыңнан аслам үй суў астында қалған, транспорт инфраструктурасы, әсиресе, жол ҳәм көпирлер зыян көрген, батыс ҳәм арқа аймақлардағы бөгетлерде суў тасып кеткен.
Айрықша жағдайлар министрлигиниң билдириўине бола, суў тасқыны зоналарынан 99 мың 920 адам эвакуацияланған. Ҳәзирги ўақытта олардың 6 мың 566сы ўақтыншалық жайластырыў орайларында турған болса, 9 мың 15 и болса өз үйине қайтқан.
Суў басқан аўыллық жерлерден 98 мың 106 бас қой-ешки ҳәм қара маллар эвакуацияланды, 8 мыңнан аслам қарамал набыт болды.
Халықты көшириў ҳәм суў тасқынларына қарсы гүресте әскерлер менен бирге 34 мыңнан аслам адам күни-түни мийнет етпекте. Мың тонна инсаныйлық жәрдеми тасқыннан жәбир көрген аймақларға жеткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги