Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Шоманай районлық кеңеси ҳәм районлық Кеңестеги ӨзХДП депутатлық топары менен биргеликте партия топарының гезектеги мәжилисинде Президентимиздиң 2021-жыл 30-июльдеги “Кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыў барысы додаланды.

Илажда депутатлар тәрепинен жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин және де арттырыў, соның ишинде, бағыўшысынан айырылғанлығы песиясы яки напақасын алыўшы шаңарақлардың “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа шекемги перзентлерин қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкер шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги мәселеси көрип шығылды.

Депутатлық топары мәжилис күн тәртибинде додаланған мәселе бойынша билдирлген пикир-усыныслардан келип шығып, бул мәселени районлық Кеңестиң гезектеги сессиясына алып шығыў бойынша қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги