Кеше футбол бойынша Италия А Сериясының 32-тур ойынлары өткерилди.

Әҳмийетли тәрепи сонда, Милан қаласында өткерилген «Интер» ҳәм «Кальяри» ушырасыўында Өзбекстан сайланды командасының ҳүжимшиси Элдор Шомуродов мийманлар командасы қурамында 78-минутқа шекем ойнап, ойынның 64-минутында өз қарсыласлары дәрўазасына гол урыўға еристи.

Бул ушырасыў 2:2 есабы менен жуўмақланды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта «Интер» клубы «А» серияда 29-турдан соң 83 упай топлап, 1-орынды ийелеп тур. Ал, «Кальяри» клубында болса 31 упай бар ҳәм турнир кестесинде 14-орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги