Хави Алонсо басшылығындағы Леверкузенниң «Байер» клубы Германия Бундеслигасының 29-турында «Вердер» командасы футболшылары менен ушырасып, өз қарсыласларын 5:0 есабында жеңип шықты.

Бул жеңис арқалы «Байер» клубы өз тарийхында биринши мәрте мәмлекет чемпионы атағын жеңип алыўға миясар болды.

Солай етип, «Байер» клубы Европаның топ чемпионатлары арасында 5 тур бурын чемпион болған бирден-бир клубқа айланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги