Елликқалада “Аналар бағы” жаратылды

Климат өзгериўи ҳәм Арал теңизи менен байланыслы жүзеге келип атырған экологиялық машқалаларды шешиўдиң нәтийжели усылларының бири – әтирапымызда жасыл майданларды жаратыў болып табылады.
Үлкемиздиң жер ҳәм суў шараятына сай нәллерди отырғызыў, келеси жылға жаңа нәллерди таярлаў, оларға тәрбия бериў сыяклы бир қатар әхмийетли мәселелер бүгинги күни ҳәр бир заманласымыздың ой-қыялынан орын алған зәрүр мәселеге айланды. Президентимиздиң усынысы менен басланған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары да қысқа ўақыт ишинде мәмлекетимиз бойлап кең қулаш жайды. Бул жойбарда қатнасыўды өзиниң инсаныйлық ўазыйпасы деп билген ҳәр бир ўатанласымыз елимизди жасыл мәканға айландырыўға шын кеўилден кириспекте.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Өзбекстан “Адолат” СДП фракциясы басшысы – Зуҳра Ибрагимова басшылығында партияныӊ Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Елликқала районлық Кеңеслери тәрепинен Наўайы аўыл пукаралар жыйыны аймағында алып барылган нәл егиў ислери бул пикирлерге үнлес болды.
Көклемзарластырыў жумысларында партия депутатлары ҳәм белсендилери менен бир қатарда районлық Ҳаял-қызлар комитети белсендилери, бир қатар мәкеме-шөлкем қәнигелери де қатнасты. Акция шеңберинде “Рейимберди Зайниддин” фермер хожалығында улыўма майданы 5 гектарлық “Аналар бағы” жаратылып, онда жигирмадан аслам жасы үлкен аналар ҳәм партия белсендилери мыңнан аслам түрли мийўели терек нәлин отырғызды.

– Бул ҳәрекетлерден гөзленген мақсет жер шарының “өкпеси” есапланған жасыл бағларды көбейтиў, унамлы басламаларды жас әўлад қәлбине сиңдириў, ана ўатанымызды шырайлы көриниске келтириў,- дейди Зухра Ибрагимова.
Өзбекстан «Адолат» СДП Қаракалпақстан Республикасы Кенеси тәрепинен орынларда бундай илажлар даўам етпекте.
Илажға район ҳәкими В.Ниязымбетов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги