Беруний районында инвестиция бағдарламасы тийкарында иске түсирилиўи режелестирилген “DUBAY PLAZA” жойбарыныӊ биринши қабатында саўда дүканы пайдаланыўға тапсырылды.

Бул жерде ерлер кийим-кеншеклери, аяқ кийимлери саўдасы жолға қойылған.

“DUBAY PLAZA” жойбары 2,5 миллиард сумлық ири инвестиция режеси болып, оныӊ иске түсирилиўи менен 30 жаӊа жумыс орны жаратылады. Атап айтқанда, жойбар шеӊберинде заманагөй мийманхана, терасса ҳәм улыўма аўқатланыў орынлары шөлкемлестириледи. Бул болса, халыққа хызмет көрсетиў менен бирге, район орайыныӊ көркине көрик бағышлайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги