“Жас шегарашылар” жарысыныӊ районлық басқышы болып өтти

342

Быйылғы жылғы “Жас шегарашылар” әскерий-Ўатанды сүйиўшилик жарысыныӊ Әмиўдәрья районлық басқышына шегара алды аймақларындағы 12 улыўма бериў мектебинде шөлкемлестирилген клублардыӊ командалары қатнасты.

Олардыӊ ҳәр бири жарысқа пухта таярлықлар менен келип,  жеӊимпазлық ушын маўасасыз гүрес алып барды.


Төрешилер қурамыныӊ шешими менен 59-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ командасы үшинши, 83-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ командасы екинши орынларды ийелеген болса, 48-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ “Жас шегарашылар” командасы биринши орынды алды ҳәм жарыстыӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги