Жақсы нийет пенен шигит себилди

291

Республикамыздағы пахта жетистириўде өзиниң салмақлы орнына ийе Қанлыкөл  районында да шигит егиси баслап жиберилди.

Райондағы быйылғы зүрәәт ушын шигит егисиниң мапазы басланыўы алдынан көргизбели семинар болып өтип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, район басшылары, аўыл хожалығы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң, дийқан ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, шигит егисин белгиленген мүддетте сапалы орынлаў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти. Быйылғы жылы шигит егисин қысқа мүддетте тамамлап, ерте ҳәм сапалы байытыўдың усыллары, дийқан ҳәм фермерлердиң итибар қаратыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы 6500 гектар майданға шигит егиў режелестирилген. Районда егисти шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша таярлық жумыслары алып барылды. Бул ушын ҳәзирги ўақытта 11 отряд шөлкемлестирилди.

Илажда шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирип, бул ушын қолда бар техникалардан нәтийжели пайдаланыў зәрурлиги атап өтилди.

Усы күнниң өзинде нураный аталарымыздың ақ пәтиясы менен жерге шигит себилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги