Мен сени сағынбайман ямаса 30 жылға бир нәзер…

629

Өмир мисли ағар дәрья, оның ағысын көз ырғамайды екен. Енем сексеннен өтип дүнья салған енесиниң мына гәпин айтқанында, сирә ядымнан шықпай қалды: «… өмирим үйден көшеге шығып, ҳаў анаў қуяшламада отырып, және үйге кирип кеткеншелли болмады аў…». Бундай тәсирли теңеў инсанды ойланыўға, сабақ алыўға, ўақыттың ғәнийметлигин уғыныўға, ашыныўға ҳәм асығыўға мәжбүрлейди. Узынлық өлшеў бирлиги – бул метр, ал, өмирдиң узынлығы не менен өлшенеди? Салмақтың өлшеў бирлиги килограмм, ал өмирдиң салмағын не менен өлшесек болады? Улыўма инсанның бул дүньяда басып өткен мәўритлери, қуўанышы менен қайғысы, табысы менен тәшўиши, күлкиси менен муңы, бахыты менен көз жасларын өлшейтуғын өлшем бирлиги бар ма? Мениңше, бул өлшем бирлик – тәғдир деп аталса керек. Усы тәғдир жазмышы өмириңниң баҳасын белгилейди.

Буннан 50 жылдай илгери әлемге жар салып, ата-анама куўаныш инәм етип, дүньяға келген болсам, оннан және 17 жыл өткен соң тәғдир мени үлкен гузар жолға салды. Орта мектепти питкерип, университет деген үлкен оқыў дәргайына ҳүжжетлеримди тапсырдым. Ядымда, университетке үлкен әжағам вилосипеди менен алып барды. Жаздың саратаны, мыс қайнаған ыссыда абитуриентлердиң саны ада болар емес. Қырғын нәўбет пенен, зорға дегенде ҳүжжет тапсырып, үйге қайттық. Бир еки күн абитуриентлер ушын шөлкемлестирилген мәсләҳәт курсына қатнадым. Имтихан басланды. Аўызша имтихан үлкен экран арқалы көрсетилип, оны сырттағылар бақлап турады. Имтиханнан шыққан абитуриентти адамлар «ҳаў мынаў жаңағы қыз ғо (ямаса бала ғо) жақсы жуўап берди, ямаса дым сөйлей алмады», – деп комиссия жуўабынан алдын баҳалап отырады. Үш басқыштан табыслы өткенлер ғана студент деген бийбаҳа бахытлы атаққа ериседи.

1989-жылы журналистика қәнигелиги 5 жыллық үзилистен кейин қайта ашылып, 25 абитуриент оқыўға қабыл етилдик. 19 қыз, 6 ер бала. Солай етип, үлкен гузар жолға қәдем тасладық. Топарымызда жасы үлкенлер де, қатарымыз да бар екен. Сентябрьде оқыў басланаман дегенше ҳәр күни университет әтирапын абаданластырыў жумысларына қатнап, бир-биримиз бенен таныстық, досластық.

Топарымыздағы ең жасы үлкенимиз, биринши старостамыз (биринши деўимниң себеби 2-курстан топар староста етип мени сайлады) – Жолдас Баекеев. Дәслепки күнлерден баслап-ақ, «Қызлар журналист бола алмайды» – деп әлемге жар салып, қызларды қайраған, өшегисип өткир мақалалар дөретилиўине себепши болған, қыйыншылықларға қарамастан қызлардың өз кәсиплери бойынша жумыс ислеўине түртки болған ҳүрметли «айыпкер». Бул гәпти мәзи айтқан болса да, көпшилигимизди дурыс бағдарға салғанын бәлким өзи сезбес, бәлким билер. Не болса да, 1-курстың басында айтылған бул пикир философиялық мазмунға ийе болды. Ал, Арыўхан Турекеева «Қызлар журналист бола алады…» – деп жуўап мақаласын жазып, республикаға танылды.

Студентлик алтын дәўирдиң дәслепки пахтасы ҳәммениң өмирине ҳақыйқатында да алтын ҳәриплер менен жазылды. Сап дизилген автобусларда пахта далаларына атланыўдың заўқы өз алдына. Студентлердиң жаслық гимни, бир-биреўге меҳир, туўысқанлық сезимлери, дослық қатнасықларын қәлиплестирген пахта мапазы ҳәзирги студентлерге ертектей. Минез-қулқы, көз-қараслары, қызығыўшылықлары, талпыныслары, ҳәрекети менен социаллық жағдайлары да ҳәр қыйлы болған студентлерди бир қазаннан ас, бир қуманнан шай ишкизген, ҳәммени теңдей мийнетке шынықтырған, еркеликти умыттырған пахта далалары бизлер ушын реал өмирдиң бир пәршеси болып, өмир дәптеримизге мөрленди.

Студентлик алтын дәўирдиң үлкен бөлими аудиторияда, оқыў менен өтти. Дәслепки кураторымыз Дәўлетбай Бекбаулиев. Ол өзи усы жылы университетти тамамлап, кафедраға оқытыўшы болып қабылланған екен. Жайдары минезли, ири геўдели, гейде өзин қатаң услағысы келсе де, бәри-бир жумсақлығы билинип туратуғын бул устазымыздың сол дәслепки келбети ҳәр биримиздиң ядымызда. Жыллар өтип көпшилигимиз устаз бенен бир жәмәәтте иследик. «Қарақалпақстан жаслары» газетасында, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында, Журналистика кафедрасында кәсиплес болдық. Дерлик бәримизди ҳәзир де атпа-ат еслейди, минез-қулқымызға, социаллық жағдайларымызға қанық десем, қәтелеспеймен. Бүгинги күнде ким, қаяқта, не ислеп жүр, бәрин билип, бақлап жүреди.

Дәўлетбай аға көп узамай Ташкент қаласына докторантураға кетип, орнына Апсамет Абдимуратов куратор болды, бирақ ол да көпке бармай аспирантураға оқыўға кетти. Бизлер соннан соң кураторға жарымадық. Расын айтқанда, топарымызға қуратордың зәрүрлиги де жоқ еди. Оқыўға ықлас, кәсипке қызығыўшылық, бир-биреўге ҳүрмет, дослық, сыйласық, түсинисиў – топарымызда дәслепки жыллардан-ақ қәлиплесип болған еди. Бәлким, бунда дәслепки кураторымыздың тәсири, тәрбиясы болған шығар. Бәлким топарда ақыл-ҳуўышлы, инталы, талантлы, тәртипли жаслар жәм болған шығармыз. Не болса да тәғдир жазмышлары бизлерди бир-биримиз бенен беккем бирлестирди, жәмлестирди. Сонлықтан да, 30 жыллық дәўир аралығында қарым-қатнасығымыз, дослығымыз, сыйласығымыз үзилмей киятыр (ҳәзирги студентлердиң бир топарда оқып бир-бириниң бахыт тойларына бармайтуғынлығына, қуўанышы менен қайғысын бөлиспейтуғынлығына ҳайран қаламан).

Студентлик алтын дәўирдиң ҳәр жазында өндирислик әмелиятқа шығамыз. Газета-журнал, радио, телевидение 1-курстан баслап-ақ, ҳәр биримизди танып, таңлап алды, десем, асыра айтқан болмайман. Арыўхан Турекеева белгили жазыўшы Гулайша Есемуратова шөлкемлестирген «Арал қызлары» журналында ислеген болса, Лала Сейданова, Оралхан Қдырниязова Қарақалпақстан телевидениесинде көрсетиўлер таярлады. Артықгүл Айымбетова, Абатгүл Тәжимуратова Қарақалпақстан радиосының еситтириўлеринде қатнасып жүрди. Әлбетте, ол дәўирлерде мәмлекетлик телевидение ҳәм радиода шығып сөйлеў, мәмлекетлик газета-журналларда мақала жәриялаў аңсат емес еди, мың електен өткерип, ылайықларын ғана жәриялайды. Соған қарамастан топарымыздағы студентлердиң дөретиўшиликлери газета-журнал бетлеринде дүркин-дүркин болып шығатуғын еди. Сонлықтан да, әмелият топар студентлериниң кәсиплик орнын белгилеўинде айрықша әҳмийетке ийе болды.

Ҳәзирги күнде топарымыздан Арыўхан Турекеева «Қарақалпақстан жаслары», Мийригүл Байдуллаева «Шоманай нуры» газеталарының редакторы. Байназар Дәўлетназаров, Латипа Оразымбетова, Замира Турдымуратова, Абатгүл Тәжимуратова, Лала Сейданова – Қарақалпақстан телевидениесинде, Артықгүл Айымбетова, Жолдас Баекеев – Қарақалпақстан радиосында, Эльмира Сайтжанова «Қарақалпақстан мәденияты» газетасында, Қыдырбай Сейтмуратов «Тынышлық сақшысы» газетасында, Медет Атажанов «Әмиўдәрья» журналында, Зульфия Өсербаева «Билим» баспасында, Оралхан Қыдырниязова Өзбекстан көркем-өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында, Саодат Қудайбергенова суў хожалығы министрлигинде өз орнына ийе қәнигелер болып хызмет етип келмекте. Басқа досларымыз да журналистиканың ҳәр қыйлы тараўларында хызмет етпекте. Ҳәр бири шаңарақ ийеси, перзентлери ҳәм ақлықлары бар. Ал, өзиме келсем… мен оқыўды питкерген жылдан баслап университеттиң журналистика кафедрасындаман.

Оқыўды тамамлаған жылы қолымда 5 айлық қызым бар. Қызымды үлкейтиңкиреп болып, жумыс ислеймен, – деп бийғам жүргенимде устазымыз (сол ўақытта кафедра баслығы) Малика Жумамуратова алдына шақырып, кафедраға стажёр-оқытыўшы етип жумысқа алып қалыў нийетин билдирди. Дәслеп сескенип, тартынып, бул жерде ислеўдиң қыйыншылығын, жуўапкершилигин мойынлап, бас тартқанман. Себеби, университетте ислеў ушын илим менен шуғылланыў керек, пахта-отағы және бар, мениң қызыма ким қарайды, – деп тәўишлендим. Сонда устазым аўыр басықлық пенен бәрин түсиндирди.

– Сен әлле қашан илимге қәдем таслағансаң, илимий мақалаларың бар, өзиң жақсы оқыдың, пахта-отағына келсек, илажы болар, көп пенен көрген уллы той.

Мен және ойландым, қызым еле кишкене ғо, оған ким қарайды? Сонда әкем:

– үйге әкелип кете бер, өзим қарайман, – деди гәпти шорта кесип. Өмиринде бала бақпаған, өмири мәмлекетлик хызметте өткен әкемниң бул гәпи мени жанландырып жиберди.

– Мақул, ислесем, ислейғояйын…

1994-жылы сентябрьден оқыў басланыўы менен кафедрада оқытыўшы болып ислеп кеттим. Биринши курсқа куратор етип бекитти (сол кураторлық топарымда белгили журналистлерден Минаж Қутлымуратов, Байжан Узақов, Гулжаҳан Тажетдинова, Гулайым Сапарова, Идирис Ержанов, Өмирбек Ерманов, Рысгүл Шарапова, Зульфия Жаббарбергенова, Зухра Жуманазарова, Артықгүл Төребекова ҳәм т.б. бар еди). Енди ойланып отырып, сол ўақытта мениң келешегимди көре билген сыншыл устазым Малика Тилеўбергеновнаға шексиз миннетдарман. Ўақыт, жыллар өтиўи менен устаздың сол шәкирти кафедрадағы биринши илим докторы болды. Екиленип, қәдем таслаўға сескенип, қорқып турған ўақытта батыллық пайда етип, руўхландырған әкеме мың алғыс айтаман. Себеби, әкемниң исенимин ақлаў ушын да илим менен тынбай шуғылландым, илим кандидаты, илим докторы (DSc) дәрежесине еристим. Ал, турмыстың ғалма-ғалы, өмир тәўишлери өз ийрими, ағысы менен, гейде нәўпир, гейде бир тегис ағып өте берди. Ал, сол бес айлық қызым Сахибжамал ҳәзир PhD дәрежесиндеги доцент.

Өмирлик жолдасым Абдимурат Есемуратов та бул бағдардағы жумысларымды ҳәмийше қоллап-қуўатлап келди. Бүгинги күни өзи де филология илимлери бойынша философия докторы (PhD). Өзинен бурын мениң илимий жумысларымды жүзеге шығарыўға мәртлерше жәрдем берди, буның ушын оған миннетдаршылық билдиремен. Әлбетте, турмыста өмирлик қоллап-қуўатлаўшысыз бул жоллардан жүрип өтиў аңсат емес. Себеби, өмир жоллары гейде тегис, гейде тикенли, гейде айдын, гейде түнек, гейде шадлы, ал гейде тәшўишли болып, ойламаған ўақыяларға толы екен.

Илим жолын дурыс таңлаў да оңай емес екен. Қандай тема алсам екен деп жүргенимде академик Абатбай Дәўлетов журналистикаға да, тил билими тараўына да қатнаслы теманы белгилеп берди.

– Қарақалпақ тилиндеги газета материалларының тили, оның стильлик өзгешеликлери изертленбей атырған, актуал тема. Усы бағдардағы илимий теманы ал.

Бул маған мақул ҳәм өзиме түсиникли тема еди. Солай етип, устаздың илимий басшылығында «Қарақалпақ күнделикли баспасөзи тилиниң қәлиплесиўи (1924-1940-жыллар газета материаллары мысалында)» темасындағы кандидатлық диссертацияны жазып басладым. Турмыс машқаласы, бала тәрбиясы, хожалықтың ғалма-ғалы менен болып, диссертациям созылып кетти. Бир күни Абат аға қатаң түрде:

– Өзиң ҳәрекет етип, аяқ қоспасаң, мен сени жақлата алмайман, – деди қатаң түрде.

Соннан соң барлық тәўишти бир түйиншикке түйип, диссертацияның изине түстим. Нөкис, Ташкент қалаларындағы библиотекаларға тынбай қатнадым. Нәтийжеси өз жемисин берип, 2006-жылы 21-апрельде кадидатлық диссертациямды табыслы қорғадым. Дипломды қолыма алып, басымның ишинде қағазлар, жазыўлар еле тынбай айланып жүргенимде, устаз және алдына шақырып:

– Енди усы темаңды даўам еттириўиң керек, – деп тапсырма берди. Мен Ташкент қаласына докторантураға кетежақ нийетимди билдиргенимде, дәрҳал илимий мәсләҳәтши болыўға разылық хатын жазды да, қолыма услатты.

– Ал, енди кете бер, ақ жол… – деп пәтиясын берди.

Кадрлар бөлимине барып, ҳүжжетлеримди тақлап текшеден түсип киятырсам бурыңғы ректорымыз Қуўанышбай аға Өтениязов 2-қабатқа көтерилип киятыр екен. Не қылып жүргенимди, ҳал-аҳўал сорасты. Мен Ташкентке кетип баратырғанымды айтқанымда, бирден алақанын жайып, узақ пәтиясын берди. Ядыма түссе еле кеўлим елжирейди. Сол устазлардың пәтиясы менен 3 жыл Өзбекстан миллий университетиниң докторантурасында оқыдым. Бирақ, докторантураны тамамлап келип, докторлық диссертациямды қорғайман дегенше устазым Абатбай аға Дәўлетов та, Қуўанышба аға Өтениязов та өмирден өтип қалды.

Кафедрада жумысымды даўам еттирдим. Ўақыт зымырап өте берди. Докторлық диссертация жумысым питкени менен, оны көрип, мәсләҳәт беретуғын устазым жоқ. Жүре бердим. Жыллар жылжый берди. Университет үлкен дәргай болса да, онда кимниң ким екени, не ислеп жүргени аттың қасқасындай белгили екен. Кимниң не менен шуғылланып жүргенин ҳеш ким айтпаса да, ҳәмме биледи. Сарсылып жүрген күнлеримниң биринде профессор Шамшет аға Абдиназимов шақырып:

– Сениң диссертацияң қашшан таяр болып еди, дәрҳал алып кел, көрип шығайық, – деп булт артынан шыққан қуяштай етип, усыныс билдирди. Солай етип, бир жылдың ишинде Шамшет ағаның илимий мәсләҳәтшилигинде докторлық диссертациямды қорғадым. Әлбетте, айтар аўызға аңсат болғаны менен бул жумыслардың да өзине жараса қыйыншылықлары, машақатлары, тәшўишлери болды. Бирақ, ең тийкарғысы талпыныс, мийнет, билим ҳәм нәтийже екен.

Быйыл университетти питкергенимизге саррас 30 жол толды. 30 жыл артқа айлансам, билим берген устазларым бирме-бир көз алдымнан өтеди. Қарақалпақ тил билиминен Есемурат Бердимуратов, Айжарық Бекбергенов, Шаригүл Алланиязова, Қуралбай Пахратдинов, қарақалпақ әдебиятынан Камал Мамбетов, Юнус Пахратдинов, Кеңесбай Алламбергенов, Қурбанбай Жаримбетов, Ибрайим Өтеўлиев, Қуўанышбай Оразымбетов, журналистиканың қәнигелик пәнлеринен Малика Жумамуратова, Қуўатбай Есебаев, Даўлетбай Бекбаулиев, Гулнара Ауезова, Зияда Қожықбаева, Апсамет Абдимуратов, Тамара Машарипова өзлерине тән усыл ҳәм тәжирийбесинен келип шығып сабақ берди.

Досларымның бул дәргайдан қанат-қомлап тумлы-тусқа ушып кеткенине 30 жыл болды. Олар қайсы тараўда, қандай лаўазымда ислемесин ушқан уясын, устазларын ҳәр көрискенимизде меннен сорап, сорастырып турады. Сағынады. Талпынады. Ал, мен университетимизди, кафедрамызды сағынбайман. Себеби, 30 жылдан берли мен усы дәргайда, усы университетте, усы кафедрадаман. Мениң өмирим үйим менен университет арасында өтпекте. Буның ушын тәғдир жазмышыма ҳәм билим берген устазларымызға миннетдарман. Рахмет!!!

Злиха Оразымбетова

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика кафедрасы профессоры ў.а., филология илимлериниң докторы (DSc), доцент  

Қарақалпақстан хабар агентлиги