Усы жылдың 15-апрель күни Қатар мәмлекетинде футбол бойынша 23-жасқа шекемги жаслар арасында Азия кубоги жарысы басланады.

Континетимиздиң ең күшли 16 командасы қатнасатуғын бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы «Д» топарында Вьетнам, Кувейт ҳәм Малайзия сайланды командалары менен келеси басқышқа шығыў ушын гүрес алып барады.

Тилекке қарсы, бул турнир ФИФА күнлери шеңберинде өткерилмегени себепли, көплеген клублар өз футболшыларын жарысқа жибериўди қәлемейди. Соның ишинде, бизиң елимиздиң футболшылары ҳәрекет етип атырған сырт ел клублары да. Бирақ, Өзбекстан футбол ассоциациясы ўәкиллериниң «ЦСКА» клубы менен алып барған сөйлесиўлери нәтийжесинде, бүгинги күни елимиздиң ең күшли футболшыларының бирине айланып баратырған  Аббос Файзуллаевқа Москва клубы шерек финалдан баслап қатнасыўға рухсат берди.

Мағлыўматларға қарағанда, Аббос 26-апрель күни Доҳаға жетип барады ҳәм командамызға өзиниң жәрдемин береди.

Соны айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан сайланды командасы 1-турды 17-апрель күни Малайзия, 20-апрельде Кувейт ҳәм 23-апрельде Вьетнамға қарсы өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги