Шымбай районы прокуроры, 2-сектор баслығы Р.Халмуратов басламасы менен сектор аймағындағы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша ҳәр түрли спорт ҳәм басқа да мәдений илажларды өткериў режелестирилген.

Сол тийкарда сектор аймағындағы 14-30 жас аралығындағы ерлер арасында киберспорт түри бойынша жарыс өткерилди.

Қызықлы өткен жарыс соңында   биринши орынды Көнши мәкан пуқаралар жыйыны жаслары ийелеген болса, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Қаракөл ҳәм Гүлистан мәкан пуқаралар жыйынлары командаларына несип етти.

Бириншилик соңында жеңимпаз жасларға  район прокуроратурасы тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги