Қырғыз Республикасының Бишкек қаласында өткерилип атырған спорт гүреслери бойынша Азия чемпионатында еркин гүрес бойынша беллесиўлер өз жуўмағына жетти.

Онда қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 2 гүмис ҳәм 1 қола медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта Иран, Япония, Қырғыз Республикасы, Қазақстан ҳәм Монғолиядан соң алтыншы орынды ийелеўге миясар болды.

Атап айтқанда, спортшыларымыз арасында -86 кг салмақта

Жавраил Шапиев, -92 кг да Шерзод Поёновлар гүмис, -79 кг да

Асомиддин Ҳасанов қола медалын жеңип алыўға еристи.

Бүгин чемпионатта ҳаял-қызлар гүреси бойынша беллесиўлер басланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги