Таиландтың Пхукет қаласында аўыр атлетика бойынша Жәҳән кубоги өз жуўмағына жетти.

Пүткил дүнья жүзиниң 110 мәмлекетинен 500 ге шамалас спортшылар қатнасқан бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да мүнәсип түрде қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, атлетлеримиз тәрепинен жарыста 3 алтын ҳәм 1 қола медальлары қолға киргизилип, елимиз командасы улыўма командалық есапта Корея Халық Демократиялық Республикасы, Қытай ҳәм Армения сайланды командаларынан соң 4-орынды ийелеўге миясар болды.

Спортшыларымыз арасында, -109 кг салмақта қатнасқан Акбар Жўраев 3 алтын, ал, Шарофиддин Амриддинов болса 1 қола медалын қолға киргизиўге еристи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги